logo

АРБ Өзбекстанға 162 млн долларлық кредит ажратады

Азия раўажланыў банки (АРБ) Өзбекстанда темир жол хызметлерин жәнеде жақсылаў соның менен бирге аймақта саўда ҳәм туризмди раўажландырыў ушын 162 млн долларлық кредит ажыратыўды мақуллады.

   Жоба шеңберинде мәмлекет батысындағы үлкен қала орайлары, соның ишинде, Бухара, Мискин, Үргениш ҳәм Хийўа қалаларын байланыстырыўшы 465 километрлик темир жол линиясын электрластырыў нәзерде тутылған. 

  "Бул саатына 250 километр тезликте ҳәрекетлениўши тезжүрер поездлардың ҳәрекетин жолға қойыў, Бухара ҳәм Хийуа арасындағы қатнаў ўақтын еки саатқа дейин қысқарттырыў, Ташкенттен Хийўаға жети саатта жетип барыў имканын береди", — делинеди хабарда.

Соңғы жаңалықлар