logo

100 ден артық Аўған студентлери Өзбекстандағы оқыўына қайтарылды

Термиздеги ЖООда тәлим алып атырған 100ден артық аўғанстанлы студентлер Өзбекстанға қайтты. Бул ҳаққында "Спутник" Аўғаныстан ушын қәнийгелер таярлайтуғын Термиз тәлим оқыў орайы директоры Ойбек Рўзиевқа тийкарланып, хабар берди.

"Аўғаныстаннан 134 студент оқыўды даўам еттириў ушын келген. Кейпиятлары жоқары дәрежеде. Дем алыстан кейин оқыўға қайтарылады", деген ол.

Термизде аўғанлар еки қәнийгелик — өзбек тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы ҳәм темир жол қурыў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша билим алады. Олардың билим алыўы ушын төлем паритет тийкарында төленеди. Усы оқыў жылында Ауғаныстандағы сиясый жағдай кескинлескени себепли биринши курсқа қабыллаў әмелге асырылмады. Бирақ қоңсы мәмлекет расмийлери менен әллеқашан келисимге келген ҳәм 2022-жыл февраль айында және 100ге жақын Аўғанстанлы Термизге арнаўлы курсларға келеди.

Соңғы жаңалықлар