Пәрман менен 2022–2026 жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясы ҳәм оны “Инсән қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы”нда әмелге асырыўға тийисли мәмлекет дәстүри тастыйықланды.Дәстүрге муўапық, Экономика турақлылығын тәмийинлеў шеңберинде 2022 жылда инфляцияны 9 процентке ҳәм 2023 жылда 5 процент ҳәм фискал кемтарлықты 3 процентке төменлетиў илажлары көриледи. 2026 жыл жуўмағына шекем банк активлеринде жеке сектор үлеси 60 процентке шекем шығарылады.
2023 жылдан қосылған қун салығы 12 процентке ҳәм банк, финанс ҳәм телекоммуникация сыяқлы исбилерменлерлик ушын пайда салығы15 процентке түсириледи.
Шараяты “аўыр” болған аймақларда 2025 жыл 1 январына жаңа исбилерменлер ушын айланбадан алынатуғын салық 1 процент, жер салығы, мал-мүлк салығы есапланған суммадан 1 процент ставкада төлеў систимасы енгизиледи.
2025 жыл 1 июлдан исбилермендикке тийисли барлық мәжбурий талаплар бирден-бир электрон реестри иске түсириледи. 2022 жыл 1 апрелге шекем лицензия ҳәм басқа руқсат етиўши ҳүжжетлерди алыў әпиўайыластырылады. Атап айтқанда, арнаўлы искерлик пенен көшпели тәртипте, автотранспорт арқалы шуғылланыў мүмкиншилиги жаратылады.
