logo

5-февральдан «Қоңырат-Наманган-Әндижан-Қоңырат» жөнелисинде поездлар қатнаўы жолға қойылады

«Өзбекстан темир жоллары» АЖ тәрепинен жолаўшыларға еле де көбирек қолайлықлар жаратыў мақсетинде 2022-жылдың 5-февраль күнинен баслап «Қоңырат-Әндижан-Қоңырат» жөнелисинде ҳәрекетленип атырған 654/653-санлы жолаўшы поездлары «Қоңырат-Наманган-Әндижан-Қоңырат» жөнелисинде қатнаўды әмелге асыра баслайды.


Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, суы поездлар ҳәрекетлениў даўамында «Хожели», «Қанлыкөл» темир жол станцияларында да тоқтап өтеди.


Қосымша мағлыўматларды Ташкент қаласында 1005 қысқа телефон номери, орынлардағы темир жол кассалары және мағлыўматлар бюросынан алыў мүмкин.


Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Соңғы жаңалықлар