Ла Лиганың 2021/22 жылғы мәўсиминде «Барселона»ның 22 футболшысы өз есабына гол жаздырып қойыўға еристи.«Осасуна»ға (4:0) қарсы ойында Рики Пуч мәўсимдеги дебют голын урды.
Нәтийжеде усы мәўсим Испания чемпионатында 22 футболшы гол урыўға муўапық болды. Бул XXI әсир рекорды. 2019/20 жылғы мәўсимде «Реал»дың 21 футболшысы гол урған еди.
Ла Лиганың 28-турында «Барселона» «Осасуна» менен ойынға түсти ҳәм 4:0 есабында жеңиске еристи.
