logo

"Еркин гүрес" түри бойынша жаслар арасында Өзбекстан кубогы өткерилди

2022-жылдың 28-30 апель күнлери Ташкент ўәлаятының Келес қаласында спорттың "Еркин гүрес" түри бойынша жаслар арасында Өзбекстан кубогы өткерилди.

Жарыста 125 кг салмақ категориясында Қарақалпақстан Республикасынан Базарбаев Айназар, 92 кг салмақта Жанибек Муратовлар 1-орынды жеңип алған болса, 65 кг салмақта Жалалатдин Исмайлов 2-орындға ылайық екенлигин исбатлады. Соның менен бирге 79 кг салмақта Шерзод Алламбергенов, 97 кг салмақта Сулайман Сейтмуратов ҳәм 74 кг салмақта Динмухаммед Уразханов 3-орынды ийеледи. 

Командалық есапта Қаракалпақстан Республикасының спортшылары 1-орынды жеңип алды.

Еслетип өтемиз, 1-орынды алған палўанларымыз 2022-жылдың 2-10 июль күнлери Бахрейнде болып өтетуғын Азия чемпионатына қатнасыў ушын жолламаға ийе болды.

Қарақалпақстан Республикасы Министирлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар