logo

Европа Чемпионлар Лигасында шерек финалға жол алған клублар мәлим болды

Футбол бойынша Европа Чемпионлар Лигасының 1/8 финалдың соңғы төрт жуўап ойынлары 15 ҳәм 16 март күнлери болып өтти.

Шерек финалға өткен бәрше клублар мәлим болды. 1/4 финалға дейин Англия ҳәм Испаниядан үш клубдан жетип келди. Сондай-ақ, Германия ҳәм Португалияның бир клубыда шерек финалға отти.

Шерек финалға өткен клублар менен танысың:

«Реал Мадрид», «Вильярреал», «Атлетико М» (барлығы Испания), «Манчестер Сити», «Ливерпуль», «Челси» (барлығы Англия), «Бавария» (Германия) ҳәм «Бенфика» (Португалия).

Чемпионлар лигасының 1/4 ҳәм 1/2 финалына 18 март күни шек тасланады.

Соңғы жаңалықлар