«Реал» Чемпионлар Лигасы шерек финалының дәслепки ойынында «Челси» үстинен 3:1 есабында жеңиске еристи.Мадридликлер қатарында Карим Бензема ҳет-трик қылды. Ҳүжимши бәрше жарыслар шеңберинде избе-из 7 ойыннан бери гол урып келмекте. Усы ўақыт даўамында Карим 13 голды өз атына жаздырып қойыўға еристи.
Франциялық ҳүжимши усы мәўсим Чемпионлар Лигасындағы голлары санын 11 ге жеткерди ҳәм топ урарлар қатарында екинши орынға көтерилип алды. «Бавария» ҳүжимшиси Роберт Левандовски 12 гол менен жарыстың ең жақсы топ урары болып турыпты.
Бензема искерлигинде биринши мәрте мәўсим даўамындағы голлары санын 40 тан асырды. 2021/22 жылғы мәўсимде француз «Реал» қатырында 36 ойында 37 гол, сайланды команда да болса 7 ойында 5 гол урды.
