logo

Зайнаб Дайыбекова шерек финалда жеңилиске ушырады

Токио Олимпиадасының шерек финалына жоллама алған қарақалпақстанлы 18 жаслы қылышпаз Зайнаб Дайыбекова шерек финал басқышында Венгрия мәмлекетиниң тәжирийбели спортшысы Анна Мартонға қарсы күш сынасты.

Биринши раундта 8:2 есабында жеңилген жерлесимиз екинши раундта өз имканиятларын көрсетип, ортадағы парқты бираз болса да тиклеўге еристи.

Деген менен, венгриялы спортшы шерек финалда 15:11 есабында жеңиске ерисип, келеси басқышқа жолламаны қолға киргизди.

Өзбекстан сайланды командасының Олимпиадаға жоллама алған ең жас спортшыларының бири есапланған Зайнаб Дайыбекова өзиниң биринши Олимпиадасында күшли спортшылар менен беллесип, Азияда теңсиз екенлигин дәлилледи.

Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
 
kknews.uz

Соңғы жаңалықлар