Ташкент қаласында киши жастағы қызлар арасында көркем гимнастика бойынша өткерилген "Спорт маликалары" беллесиўлери өз жуўмағына жетти. Беллесиўлерде өз шығыўлары менен тамашагөй ҳәм төрешилердиң алғысына мияссар болған Қоңыратлы спортшы қызлар жоқары нәтийжелерге еристи.
Көркем гимнастикашыларымыздан Г.Мадиярова, Е.Оралбаева ҳәм З.Қадирбаевалар сыйлы 1-орынды ийеледи.
Спортшы қызларды беллесиўлерге таярлаған устазы Б.Муратбаева
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
