Токио-2020 Олимпиадасының дзюдо бойынша беллесиўлеринде шерек финалға жоллама алған жерлесимиз Шарапатдин Балтабаев усы басқышта 2019-жылғы жәҳән чемпионы, австриялық Шамил Борчашвилиден жеңилиске ушырады.Енди Шарапатдин Балтабаев Олимпиаданың бронза медалы ушын гүрести даўам еттиреди. Оның бул бағдардағы гезектеги қарсыласы грузиялы дзюдошы, 2020-жылғы Европа чемпионы, 2021-жылдағы жәҳән чемпионаты сыйлы орын ийеси Тато Григалашвили болады.
Беллесиў бүгин саат 13:00 ден кейин басланыўы белгиленген.
karinform.uz
