logo

⚡️Өзбекстан делегациясы және бир Олимпиада медалына ийелик етпекте

Тәжирийбели еркин гүрес устасы Бекзод Абдураҳмонов 74 килограммға шекемги салмақта Токио-2020 Олимпиадасының бронза медалын жеңип алды. 

Өзбекстанлы палўан бронза медалы ушын беллесиўде 2019-жылдағы Жәҳән чемпионаты сыйлы орын ийеси, қазақстанлы Данияр Кайсановты жеңип шығып, Өзбекстан делегациясы медальлары санын бир бронза медалына көбейтти.

Солай етип, Өзбекстан делегациясы ҳәзирги ўақытта (06.08.2021 саат 15:56) 2 алтын ҳәм 2 бронза медалы менен 32-орынды ийелеп турыпты.

KarInform.uz

Соңғы жаңалықлар