Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Инсан ҳуқықларын қорғаў бөлими ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша (Омбудсман) аймақлық ўәкили тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябр күнги “Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы ПП-6099-сан Пәрманы талапларының мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер тәрепинен орынланыўы жағдайы тийисли ҳүжжетлерди алдырыў жолы менен үйренилди.Үйрениў даўамында, жергиликли ҳәкимликлер, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Салық басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Ден-саўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы ҳәмде олардың айырым район (қала) бөлимлери тәрепинен жәми 36 “Спорт үгит нәсиятшысы” қосымша ўазыйпасы жүклетилген хызметкерлерге 70,763,764 сумлық үстеме пуллары төленбестен турғанлығы анықланды.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Санитария-епидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмиет саламатлығы басқармасы, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Мәмлекетлик Кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы ҳәм Агросаноат комплекси үстинен бақлаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармалары тәрепинен тийисли хызметкерлерге “Спорт үгит нәсиятшысы” қосымша ўазыйпасын жүклеў ҳәм оның базалық лаўазым ис ҳақысына 20% муғдарында үстеме белгилеў Пәрманда белгиленген мүддеттен 5-8 ай өтип әмелге асырылғанлығы анықланды.
Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Екология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетинде Пәрманда белгиленген талаплар үйрениў күнине шекем орынланбағанлығы яғный, тийисли хызметкерге “Спорт үгит нәсиятшысы” қосымша ўазыйпасы жүклетилмегенлиги анықланды.
Соның менен бир қатарда, Пәрманда “Спорт үгит нәсиятшысы” қосымша ўазыйпасын мийнет жәмиетлеринде жумыс алып барып атырған хызметкерге жүклеў нәзерде тутылған болса да, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен министрликтиң тийисли буйрығына тийкар “Спорт үгит нәсиятшысы” қосымша ўазыйпасы Өзбекстан “Ёшлик” дене тәрбия ҳәм спорт жәмиети Қарақалпақстан аймақлық бөлими тренер-оқытыўшысына жүклетилгенлиги анықланды.
Анықланған нызам бузылыў жағдайларын сапластырыў бойынша министрлик тәрепинен тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерге 10 усыныс, әмелдеги мийнет нызамшылығы талапларын бузған лаўазымлы шахсларды ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў мәселесин көрип шығыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм оның район (қала) орайларына жәми 31 ҳәкимшилик усыныс ҳәмде тийисли судларға 65,742,452 сумлық 34 даўа арзалар киритилди.
✍ KarOne.uz
Дерек: https://t.me/KRAdillikMinistrligi
