logo

Конор МакГрегор 2022 жылға шекем UFC'ден шетлетилди

Еки салмақ қатламында UFC бурынғы чемпионы, ирландиялы Конор МакГрегор 2022-жылдың 7-январь күнине шекем UFC'ден шетлетилди. Бул ҳаққында "Sportskeeda" басылыўы хабар тарқатты. Шөлкемниң бундай шешимге келиўине оның Дастин Порье менен тартыста арттырып алған жарақаты себеп болған.

Медициналық комиссия жуўмағына көре, Конор бул жыл тартысларда қатнаса алмайды. Соның менен бирге, август айы орталарына шекем, спарринг тартыс өткериўи қадаған етилген.

Еслетип өтемиз, 11-июль күни UFC 264 турнири шөлкеминде Макгрегор ҳәм Порье ортасындағы тартыс өткерилген еди. Биринши раунд ақырында Конор қолайсыз тәризде аяғын сындырып алған, Дастин болса техник нокаут есесине жеңиске ерисип еди.

Мағлыўмат орнында, Конор Макгрегор ММА'дағы искерлиги даўамында 28 тартыста қатнасқан. Оның есабында 22 жеңис ҳәм 6 жеңилис бар.

Соңғы жаңалықлар