logo

Быйылғы жылда Өзбекстанда 7 жаңа электр станция иске түсириледи

2022-жылдың жуўмағына шекем Өзбекстанда улыўма қуўаты 1 474 МВт болған 7 жаңа электр станция, соннан 6 ыссылық (ЫЭС) ҳәм 1 қуяш фотоэлектр станциялары (ФЭС) иске түсириледи.

 Атап айтқанда, январь айында Бухара ўәлаятында 270 МВт ҳәм Ташкент ўәлаятында 240 МВт болған 2 жаңа ыссылық электр станциялары иске түсирилген.

 Сондай-ақ, апрель айына шекем Самарқанд ўәлаятында 100 Мвт қуўатлы қуяш фотоэлектр станциясы иске түсирилиўи режелестирилген.

 Ташкент ўәлаятында 230 ҳәм 240 МВт қуўатлы 2 ҳәм Хорезм ўәлаятында 174 МВ қуўатлы 1 ыссылық электр станциялары март айында, Сырдәрья ўәлаятында 220 МВт қуўатлы ыссылық электр станциясы жыл жуўмағына шекем иске түсириледи.

 Буның нәтийжесинде Өзбекстан энергетика системасының әмелдеги улыўма қуўаты 16 000 МВтдан асады.

Соңғы жаңалықлар