logo

Трилогия. Сауль Альварес 12 раунд даўам еткен ушырасыўда Геннадий Головкинди жеңилиске ушыратты

АҚШтың Лас-Вегас қаласындағы T-Mobile аренада Өзбекстан ўақыты менен 18 сентябрь күни таңда бокс ақшамы болып өтти. Кешениң орайлық ушырасыўы супер орта салмақ қатламында улыўма жәҳән чемпионы Сауль Альварес ҳәм Геннадий Головкин менен болып өтти.

Ушырасыўдың дәслепки үш раундты орташа темпте өтти ҳәм азмаз үстинлик «Канело» тәрепинде болды. Төртинши раундқа келип Мексикалы боксшы активликти асырып, кейинги үш раундта толық үстинлик қылды.

8-раундда Головкин да сезилерли соққыларды жибериўди баслады. 9-раундтың екинши ярымы да Қазақстанлы боксшы есабына жазылды.

Соңғы раундлар орташа темпда өтти. Арбитрлер бир даўыстан Альварестиң жеңисин белгиледи.

Нәтийжеде Сауль WBC, WBO, WBA ҳәм IBF белбаўларын қорғап қалды.

«Канело» ҳәм «ГГГ» ортасындағы дәслепки ушырасыў 2017 жыл 16-сентябрде болды, ол ушырасыўда нәтийжелер теңбе-тең белгиленген. 2018 жыл 15 сентябрде болып өткен екинши ушырасыўда болса Мексикалықтың жеңиси менен жуўмақланған еди.

Соңғы жаңалықлар