logo

Спортта шыныққан жаслар

Елимизде спортқа қаратылған жоқары дыққат итибардың арқасында, спорт қызыққан жаслар ушын имканиятлар көлеми кеңеймекте. Спорт пенен шуғылланыўшы жаслар арасында спорт түрлеринен өткерилип атырған  жарыслар, ерисип атырған жетискенликлер олардың спортқа деген ықласын және де арттырмақта.
Мектеп оқыўшылары арасында ең үлкен спорт жарысы болған «Үмит нәўшелери – 2022» спорт ойынларының финал басқышында қатнасыўдың өзи үлкен мақтаныш ҳәм жуўапкершилик есапланады. Буны ҳәммемиз жақсы түсинемиз.
Спорттың стол теннис түри бойынша район мектеплер арасында жеңимпаз болған оқыўшылар Қарақалпақстан Республикасы басқышына қатнасып жоқары нәтийжелер көрсетти.

Олардан 21-санлы мектептен Жолдасбаева Тумарис командалық есапта 1-орынды ҳәм жеке есапта да 1-орынды ийеледи. Сондай-ақ, 2-мектептен Айтмуратова Шарос ҳәм Базарбаев Хусан 2-орынды, 4-санлы мектеп оқыўшысы Елиўбаев Самандар  2-орынды алды ҳәм арнаўлы диплом, медаллар, баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Жас спортшыларды Қанлыкөл районы балалар өспиримлер спорт мектеби Стол тенниси тәжирийбели тренер Аллабаев Замир жас өспиримлерди усы жарысқа таярлап бир қатар жақсы жетискенликлерге еристирип атыр.

Соңғы жаңалықлар