Россиялы саяхатшы блогер Максим Лымарь 3-февраль күни Бухарадан Новосибирскқа ушып кетиў ўақытында, аэропорт шегара тексериўи хызметкерлери тәрепинен усланды.Себеб-оның қол жүгинде квадрокоптер тапылғаны болған. Россия пуқарасы ўақтыншалық усланған ҳәм ол өзи жасап турған үйге жайластырылған.
Ҳәзирде ўәкилликли органлар тәрепинен квадрокоптердиң ауырлығы ҳәм өлшемлери экспертиза етилмекте.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан нызамшылығына көре, нызамсыз ушыўшысыз аппаратларды алып кириў, сақлаў, сатыў яки олардан пайдаланыў ушын — 3 жылға шекем еркинен айырылыўы мүмкин.
