logo

Қырғызстан Тажикистан менен шегарадағы оқ атысларда қанша адам қайтыс болғанын анықланды

Қырғызстан-Тажикистан шегарасындағы келиспеўшилик ўақтында Қырғызстанлы 24 адам қайтыс болды. Бул ҳаққында “Акипресс” республика денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.
“Саат 01:30 жағдайына көре, денсаўлықты сақлаў мәкемелерине жатқызылған жәбирленгенлер саны 87 адамды қурап атыр, соннан 5 жәбирлениўши амбулатор емлениўге жиберилген”, деп жазылады министрлик хабарында.

Жарақаталанғанлар тийкарынан оқ ҳәм оқтың үзиндилеринен жараланған.

Тажикистаннан ҳәзирше қурбанлар ҳәм жарақатланғанлар ҳаққында ҳеш қандай санлар жәрияланбады.

Соңғы жаңалықлар