logo

Тоқаев Қазақстан Конституциясына өзгерис киргизиў ҳаққындағы нызамға қол қойды

Тоқаев пайтахт атының Астанаға  өзгертиў ҳәм президентлик мүддетин 7 жылға узайтырыў ҳаққындағы нызамға қол қойды.
Қазақстан парламенти палаталардың қоспа жыйналысында мәмлекет Конститциясына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы нызам еки оқылыўында қабыл етилди. Ҳүжжетти жыйналыста қатнасқан барлық 50 сенатор ҳәм 99 депутат бир даўыстан қоллап-қуўатлаған. Соннан кейин парламентте қабыл етилген нызам қол қойыў ушын Қазақстан президентине жиберилген.

Қол қойылған нызамда төмендегилер нәзерде тутылған:

▪️Қазақстанда президентлик мүддети бес жылдан жети жылға шекем узайтырылады, президент болса екинши мүддетке қайта сайлана алмайды;
▪️Мәмлекет пайтахтының Нур-Султан аты алдынғы — Астанаға қайтарылады

Сентябр айында Тоқаев нәўбеттен тысқары президентлик сайлаўларын 2022 жылдың гүзинде өткериўди усыныс еткен еди. Соның менен бирге, ол президентлик мүддетин жети жылға узайтырыў усынысы менен шыққан. Буннан тысқары Тоқаев Нур-Султан атының Астана деп өзгертиў тәрепдары болған депутатлардың усынысын қоллап-қуўатлаған.

Мағлыўмат ушын, Қазақстан пайтахтының аты 2019 жыл март айында Қасым-Жомарт Тоқаевтың усынысы менен Астанадан Нур-Султанға өзгертирилген еди.

Соңғы жаңалықлар