Кеше, 3-февраль күни Марк Цукерберг Мета акциялары пәсейиўи себепли дуньяның ең бай 10 адамы дизиминен түсип қалды. Бул ҳаққында Forbes хабар берди.Meta (алдыңғы Facebook) тийкаршысының байлығы 27,1 миллиард АҚШ долларына (23,67 проценке) кемейген ҳәм ҳәзирде 87,4 млрд долларды қурамақта. Цукерберг Forbes асабына көре 12-орынды ийелеп турыпты.
Есабат жарияланғанында Meta акцияларының пәсейиўи себепли Цукерберг өз капиталының бир бөлегин жойтқан. Усы жылдың 2-февралындағы кеңейтирилген саўдалар ўақтында компания қағазлары 23 процентке қысқарған. Meta төртинши шеректе Facebookтың белсенди пайдаланыўшылары саны өспегенлиги, бәлким алдыңғы үш айға қарағанда кемейгени ҳаққында берген хабары инвесторлардың исениминен шыққан.
Буннан тысқары, компанияның шерек жыллық дәраматы күтилгенинен бираз төмен болғаны мәлим етилген. Meta дан кейин Pinterest (дерлик 10 процент) Snap (18 пайыздан артық) ҳәм Twitter (шама менен 8 пайыз) акциялары да төменлеўди баслаған.
Сондай-ақ 3-февраль куни АҚШтағы саўдалар даўамында Meta акциялары пәсейиўди даўам етти ҳәм 25, 46 процентке қысқарып, 240,78 доллардан сатылды.
Bloomberg мағлыўматларына көре, капиталдың бул қысқарыўы тарихтағы бир күн ишинде байлықтың ең үлкен пәсейиўи болған.
Буған дейин, январь айында дуньяның ең бай адамы Илон Маск Tesla акциялары түсип кетиўи себепли 24,5 млрд доллар жойтқан еди.
