Пакистанның Аўғанстан менен шегаралас ўәлаятында төртинши қыз перзентин күтип отырған ҳаял ул перзент дүньяға келтириў ушын басына шеге қақты.Мәлим болыўынша, жәбирлениўши ҳаялдың үш қызы болған. Ҳаялдың күйеўи тағы қыз туўса, оны таслап кетиўин айтып, оны қорқытқан. Соннан кейин ҳаял жергиликли тәўиплердиң бириниң «жәрдеми» менен усы иске қол урған.
Шаңарағы оны емлеўханаға алып барғанда, ҳаял жасаў аймағындағы басқа ҳаялда сондай ис қылғанын ҳәм ультрадаўыс тексериўинде қыз туўылыўы айтылған болса да ул туўғанын айтқан.
«Ол үш айлық ҳәмиледар болып, күйеўинен қорқып «шыпакер»диң алдына барған ҳәм оған әўмет тағыншағын, оқыў ушын дуўалар ҳәм шеге берген. Кейин жәбирлениўши үйине қайтып, усы иске қол урған», – дейди шыпакерлер.
