Түркменстанның әмелдеги басшысы Гурбангули Бердимуҳамедовтиң баласы Сердар Бердимуҳамедов президентликке кандидат ретинде көрсетилди.
Бул ҳаққында «РИА Новости» хабар берди.
Мәлим болыўынша, 12-март күни мәмлекетте президент сайлаўы болып өтеди.
Аркадағ баласының кандидаты мәмлекет Демократиялық партиясының 14-февраль күни болып өткен нәўбеттен тысқары IХ қурылтайында қатнасыўшылар тәрепинен қоллап-қуўатланған.
“Ел хызметинде” газетасы.
