logo

190 жаслы тасбақа дуньядағы ең жасы үлкен ҳайўан сыпатында Гиннес рекордларына киргизилди

Джонатан лақаплы тасбақа Жер жүзинде өмир сүрип атырған ең жасы үлкен ҳайўан деп тән алынды. Ол 2022-жылда 190 жасты қарсылайды.

Тасбақаның аўырлығы 440 килограммға тең. Ол Әўлие Елена атауында жасайды. Ол 1832-жылда дуньяға келген. Оның Әўлие Елена атаўында 1882-жылда алып келингенлиги ҳаққында жазыўлар сақланып қалған. Әдетте Джонатанның түрлеслери 50 жыл өмир сүреди.

Тасбақа өзи жасап атырған 31 губернатор алмасқанлығын көрген, бул ўақыт аралығында АҚШта 40 президент алмасқан.

Соңғы жаңалықлар