АҚШ Президенти Жо Байден Франция басшысы Эммануэль Макрон менен Украина әтирапындағы жағдайды дипломатиялық жол менен тәртипке салыў мүмкиншиликлерин талқылады. Бул ҳаққында Ақ үй хабар берген.“Олар Россиялық ҳәм Украиналық кәсиплеслери менен жақында болып өткен сәўбетлерин жоқары баҳалады ҳәм дипломатиялық жолдан алға барыўды даўам еттириўлерин тағы бир мәрте тастыйықлады”, делинеди Ақ үй баспасөз хызмети баянатында.
Хабарға көре, Байден ҳәм Макрон дипломатиялық ис-ҳәрекетлерден тысқары, Россия Федерациясын басқарыўдың келисим жоллары ҳәм жағдай кескинлескен жағдайда Россия ушын ақыбетлерине тайын турыўды талқылаған.
Мағлыўмат орнында, усы жылдың 7-февраль күни Макрон рәсмий сапар менен Москваға барды ҳәм онда Россия Президенти Владимир Путин менен өз-ара келисти. Олардың ушырасыўы бес сааттан артық даўам етти. Ертеси күни Франция Президенти Киевга ушып, онда Украина басшысы Владимир Зеленский менен өз-ара келисти.
Макрон ҳәр еки тәрепти сөзде де, әмелде де еркин болыўға шақырған. Ол Путин ҳәм Зеленский менен ушырасыўларынан кейин Украинадағы жағдай бойынша өз-ара келисиўлер алдынға жылысыўы мүмкинлигин ҳәм де Россия ҳәм Батыс ортасындағы кескинликти төменлетиў ушын анық әмелий шешимлер бар екенлигин айтқан.
