Путин Донбассдағы жағдай себепли әскерий операция басланғанын жәриялады, украин әскерлерине қуралларын таслаўға шақырды.Украина ТИВ басшысы Дмитрий Кулеба урыс басланғанын рәсмий жәриялады.
“Путин Украинаға қарсы кең көлемли урыс баслады. Мәмлекеттиң тыныш халқы бул урыста жәбир көреди. Бул басқыншы урыс. Украина өз аймақларын қорғайды ҳәм жеңиске ериседи. Халық аралық жәмийетшилик Путинди тоқтатыўы шәрт ҳәм керек. Ҳәрекет қылыў ўақыты келди”,- дейди Кулеба өзиниң Тiwetter'деги бетинде.
ҒХҚ усы ўақытта Киев, Харьков ҳәм Одессада күшли жарылыўлар, оқ атыўлар даўысы еситилип атырғанын жазбақта.
Соның менен бирге, Россия әскерий ҳаўа күшлери Украина әскерий обьектлерине, анығырағы Украина ҳаўа күшлери базаларына, аеродромлары ҳәм басқарыў системасына ракета соққыларын жиберип атырғаны ҳаққындағы хабарлар да тарқатылып атыр.
Украина өз ҳаўа кеңликлерин жаўды. Россия болса Украина менен шегара аймақта пуқаралық самолётларының ушыўын қадаған етти. Украина ғалаба хабар қураллары Россия әскерий-десантлары Харьковға киргенин жазбақта, Одессада да сондай жағдай гүзетилип атыр.
Путин болса украин әскерлерин қуралды таслап, үйлерине қайтыўға шақырды.
"Қуралларыңызды тапсырып, үйинизге кетиўиңизди сораймыз",- дейди Путин Украина әскерлерине.
