Россия президенти Владимир Путин Британия ҳәм Европа Бирлеспесинен кейин АҚШ санкциясына ушырады. Бул ҳаққында Ақ үй рәсмий ўәкили Жен Псаки хабарлады.«Европадағы бирлеспелеримизди қоллаған тәризде Россия президенти Путин, сыртқы ислер министри Лавров ҳәм Россия Қаўипсизлик кеңеси ағзаларына салыстырғанда санкция жәриялаймыз», деди Псаки. Санкция себеп Путинге АҚШқа кириў қадаған етиледи.
Ақ үй рәсмий ўәкили АҚШ Россия менен урысыўды мақсет етпегенин айтты. Соның менен бирге, АҚШ мүтажлик болған жағдайда Украиналық қашқынларды қабыллаўға тайынлығын билдирди.
Алдынлаў Британия ҳәм Европа Бирлеспеси Путин ҳәм де Лавровга қарсы санкция жәриялаған еди. Россия Украинаға бастырып кириўине шекем ҳеш бир мәмлекет Путинге қарсы персонал санкция қолламаған.
