logo

Путин финанслық турақлылықты тәмийнлеў илажлары ҳаққындағы пәрманға қол қойды

Президент Владимир Путин Россияның финанслық турақлылығын тәмийинлеў ҳаққындағы пәрманға қол қойды, оған көре ҳужжетте 2-марттан баслап 10 мың доллардан аслам баҳадағы нақ валютаны мәмлекеттен алып шығыў қадаған етиў нәзерде тутылған. Усы ҳүжжет Кремль сайтында дағаза етилген.

Ҳүжжетте айтып өтилгендей,  бул қәдемлер “Америка Қурама Штатлары ҳәм де оларға қосылған шет ел мәмлекетлер ҳәм халық аралық шөлкемлердиң достана ҳәм халық аралық ҳуқыққа қайшы ҳәрекетлери” себеп болып атыр. Олар миллий мәплерди қорғаўға қаратылған.

“Бул пәрманда нәзерде тутылған питимлерди (операцияларды) әмелге асырыў (орынлаў) тәртиби Россия Федерациясы Орайлық банки ҳәм мәмлекет шөлкемлери қатнасатуғын питимлерге (операцияларға) тийисли емес”, — делинген пәрманда.

Соңғы жаңалықлар