Москва мери Сергей Собянин қол қойған пәрманына көре, 3-марттан баслап Россия пайтахтында QR-кодлардан пайдаланыў тоқтатилыўын хабарлады.“Бүгинги қол қойылған пәрманға көре, 2022 жыл 3-март, ҳәптениң 4-күнинен баслап Москвада QR-кодлардан пайдаланыў тоқтатылады”, — деп жазды Собянин өз блогында.
Оның қосымша қылыўына қарағанда, QR-кодлар менен бир қатарда улыўма аўқатланыў обьектлери, театрлар, музейлер, соның менен бирге, концертлер, кеўил ашар орынлар, билимлендириў ҳәм спорт илажларына барыўға қойылған барлық шеклеўлер алып тасланып атыр.
