“Ехо Москви” радиоси ҳәм сайтының искерлиги тоқтайтуғынлығы мәлим болды. Кеше азанғы ўақыт “Дожд” телеканалы эфирин белгисиз мүддетке тоқтатыўға қарар етти. Буннан алдын бир неше басқа сайтлар да блокланған еди.Соның менен бирге, рус ҒХҚ Украинадағы “арнаўлы әскерий операция”сын басқыншылық, бастырып кириў ҳәм урыс деп атаў қадаған етилген. Буннан тысқары, Россия әскерлери ҳаққында надурыс мағлыўмат тарқатқанлығы ушын жынайый жуўапкерлик белгиленип атыр.
“Егер ертең бул нызам қабыл етилсе, биз әмелде ислей алмай қаламыз. Ямаса тек әжайып көргизбелер ҳаққында сөйлеўге мәжбүр боламыз”,- деди “Дожд” бас директоры Наталия Синдеева.
