Брент Рено алдын көп жыллар даўамында Тhe New York Times газетасында ислеген, бирақ Украинадағы искерлиги басылымына байланыслы болмаған. NYT журналистиң өлими ҳаққыдағы мағлыўматларды тастыйықлады.Брент Реноның өлиминен кейин журналистлерге Ирпенге кириў қадаған етилди.
«Усы арқалы олардың да, қорғаушыларымыздың да өмирин сақлап қалмақшымыз», — деди қала мэри Александр Маркушин.
