Россия ҳүкумети Қытайдан Россия әскерлериниң Украинадағы басқыншылығын қоллап-қуўатлаў ушын әскерий техника бериўди сораған, деп жазбақта Financial Times, The New York Times ҳәм The Washington Post басылымлары АҚШ ҳүкиметиндеги аты жәрияланбаған дереклерге сүйенип.Дереклерге қарағанда, Украина менен урыс басланғанынан бери Россия Қытайдан әскерий техника ҳәм басқа да жәрдемлер сорап киятыр. FТ дереклери урыстың үшинши ҳәптеси орталарында Россия қуралларының бир бөлеги таўсылып атырғанын айтты.
NYT АҚШ ҳүкиметиндеги дерегине сүйенип жазыўынша, Россия Қытайдан экономикалық санкциялар ақыбетлерине қарсы турыў ушын қосымша экономикалық жәрдем де сораған.
14 март күни Римде АҚШ миллий қәўипсизлик мәсләҳәтшиси Жейк Салливанның қытайлық дипломат Ян Цзечи пенен ушырасыўы режелестирилген. FТ дереклерине көре, Салливан Қытайды урыста яки санкциялардан қашыўда Россияға жәрдем бериўге ҳәр қандай урыныўы жаман ақыбетлерге алып келиўи ҳаққында ескертпекши.
