logo

Россия ҳәм Украина делегациялары 15 бәнттен ибарат тынышлық келисимин ислеп шықпақта ҳәм бул бойынша сезилерли нәтийжелерге ерисилген

Россия ҳәмде Украина делегациялары жәми 15 бәнттен ибарат тынышлық келисими үстинде биргеликте жумыс алып бармақта, деп хабар қылған өз-ара келисимлерге байланыслы үш дерекке сүйенип The Financial Times.

Басылымның жазыўынша, тәреплер өз-ара келисимлерде сезилерли нәтийжелерге ерисиўди баслаған.

Болжамларға көре, келисимде Украинаның НАТО ағзалығына кириў режелерин бийкар қылыў ҳәм өз аймағында шет ел әскерий базалары ҳәмде қуралларын жайластырыўдан ўаз кешиў көзде тутылған. Буннан тысқары, Украина басқа мәмлекетлерден қәўипсизлик кепилликлерин алмақшы, олар АҚШ, Уллы Британия ҳәм Туркия болыўы мүмкин.

Сондай-ақ, еки дерек келисимде Украинада рус тили қорғаўы мәселеси де сәўлелениўи ҳаққында сөйлеген. Украина президентиниң офиси мәсләҳәтшиси Михаил Подоляк FT’ға берген интервьюсында рус тили мәселеси басқа социал мәселелер киби Украина мәпинен келип шыққан ҳалда шешилиўин билдирген.

Подоляк Россия менен келисим 24 февралда мәмлекет аймағына бастырып кирген Москва әскерлериниң Украинадан шығып кетиўи кепилликлениўин айтып өткен. Оның сөзлерине көре, Қырым, ДХР ҳәм ЛХР мәселелерин бөлек талқыланады.

FТ басылымы мақаланы жәриялағаннан кейин Подоляк усы материалдың Россия тәрепи қараламасы тийкарында таярланғанын айтқан.

«Усы басқышта тастыйықлаўымыз мүмкин болған бирден-бир ҳәрекет бул — от атыўды тоқтатыў, рус әскерлериниң мәмлекеттен шығып кетиўи ҳәм бир қатар мәмлекетлер тәрепинен Украина қәўипсизлиги кепилликлениўи мәселелери болады», – деген Подоляк.

Москва да Киев те 16 март күни келисим бойынша унамлы өзгерис бар екенин билдирген болса-да, Украина рәсмийлери Россия президенти Владимир Путинниң тынышлық питимине әмел қылыўына исенбей атыр ҳәм Кремль күшти қайта жыйнап, және урысқа өтиўи мүмкинлигинен қәўетерде.

The Financial Times

Москва ҳәм Киев делегациялары Украинада урыс басланғанынан бери жәми үш мәрте өз-ара ушырасты. Өз-ара келисимлердиң биринши раунды – 28 февралда, 2-раунды 3 мартта, 3-раунды болса 7 март күни өткерилген. Соннан кейин тәреплер өз-ара келисимлерди онлайн форматта өткериўди баслады.

Соңғы жаңалықлар