Япония арқа-шығысында кеше, 16 март күни түнде күшли жер силкиниўи жүз берди. Акыбетте 3 адам қайтыс болды, 194 адам түрли дәрежеде жарақат алды. Бул ҳаққында NHK телеканалы хабар берген. Айтылыўына қарағанда, жер силкиниў жергиликли уақыт пенен саат 23:36 (Ташкент ўақты менен саат 19:36) да жүз берген. Оның магнитудасы дәслеп 7,3 деп баҳаланған, кейин болса 7,4 екени айтылған. Жер силкиниў эпицентри Фукусима префектурасы қырғақларында жайласқан болып, океан түбинде 57 километр шуқырлықта жайласқан.
Тәбийий апаттан соң дәрҳал мәмлекетте цунами қәўипи жәрияланған. Бийиклиги 20-30 сантиметрге шекем болған толқынлар Мияги ҳәм Фукусима префектуралары қырғақларына жетип келген.
Цунами қәўипи жергиликли ўақыт пенен бүгин, 17 март саат 05:00 (Ташкент ўақты менен саат 01:00) ге шекем пүткиллей бийкар қылынған.
17 март саат 09:00 жағдайына бола, регионда магнитудасы 2,5 нан жоқары болған 20 жер силкиниў жүз берген. Жер силкиниўи нәтийжесинде Мияги префектурасиның Широишы қаласындағы автомагистрал зыянланған. Мияги префектурасиның Томэ қаласындағы жол қапламасы ҳәм зыянланған. Фукусима префектурасында турар-жай имәраты қулап түскен. Күшли жер силкиниў регионда жайласқан атом электр станцияларын айрықша жағдайларға алып келмеген.
