logo

АҚШта COVID-19 пандемиясына қарсы гүресиў ушын ақша жетиспей қалды

Ақ уй АҚШ Конгрессинен коронавирусқа қарсы гүресиў ушын қосымша 22,5 миллиард доллар сорап мүрәжат қылды. Ақшалар вакциналар сатып алыў ҳәм денсаўлықты сақлаў систимасын тәмийинлеў ушын ислетилиўи керек, деп хабар береди CNBC.

Жазылыўына қарағанда, Байден администриясы коронавирус инфекциясының жаңа толқынынан қорқады, Қурама Штатларда кеселлениў 2022 жыл январь айынан бери турақлы түрде пәсейип баратырған болса да. Усы менен бирге, Европа ҳәм Қытайда эпидемиологик жағдайдың және бир кескинлесиўи бақланбақта.

Инфекцияның жаңа басқышының алдын алыў ушын әмелдарларға ақша керек, бирак өткен ҳәпте Ўәкиллер палатасы инфекцияға қарсы гүресиў ушын қәрежетлерди 15 миллиард долларға қысқартырыўға қарар қылды. Бул ҳүкиметти қәўетерге салды, себеби вакцина, вирусқа қарсы таблеткалар ҳәм керекли дәри-дәрмақлардың жетерли дозаларын сатып алыўдың илажы болмаўы мумкин. АҚШ та коронавирус тәбиятын үйрениўге сарыпланатуғын қәрежетлерди қысқартырыў керек.

Усы менен бирге, парламенттеги Республикашылар буның ушын штат ҳәм жергиликли ҳүкиметлерге ажыратыўын ақшаны қысқартырыўды усыныс қылып, қосымша ақша ажыратыўдан бас тартты.

Соңғы жаңалықлар