logo

Антарктидада хаўа температурасы дунья рекордын орнатты

Жер жүзиндеги ең суўық жер ретинде танылған Антарктидада ҳаўа температурасы -11,5 дәрежеге шекем көтерилди. Бул ҳаққында «Esoreiter» хабар берди.

Айтылыўынша, Антарктидада әдеттеги жоқары температура -49 дәреже әтрапында болады, бирақ 18 март күни ҳаўа 38 дәреже суўық болған. «Температураның нормадан жоқары болыўы бойынша жаңа дунья рекорды орнатылды», деген қәнигелер.

Метеорологлар пикири, Антарктидадағы температура тек ғана март айында емес, бәлким барлық ай ушын «улыўма рекорд» болған. Белгиленген рекорд дәрежедеги жоқары температура басқа жердерде де бақланған. Дуньядағы ең суўық температура белгилениўи атақлы Россияның «Восток» иззертлеў базасында да жоқары температура -17 дәреже Цельсий болып, бул күнлик орташа көрсеткиштен 17 дәреже ыссы болғанын көрсетеди. Температура март айындағы алдынғы рекордтан 2 дәрежеге асып кеткен.

Атап айтыўынша, атмосфера толқыны бақланған, нәтийжеде Антарктида платосына жүда ыссы ҳаўа кирип келген. Ызғарлықтың келиўи Арқа Антарктидада температура асыўына себеп болған.

Алдынырақ Антарктидада мәңги музлардың ериўи тезлескени мәлим қылынған. Сондай-ақ, алымлар инсаният Антарктиданы жоқ қылыўы мумкинлигинен ескерткен.

Соңғы жаңалықлар