logo

Қазақстан 11 апрелден Өзбекстан менен шегараны ашады

Қазақстанда коронавирус тарқалыўы менен байланыслы эпидемиологик жағдай турақлыласқаны себепли мәмлекет шегарасын кесип өтиў менен байланыслы шеклеўлери алып тасланады. Бул ҳаққында қоңысы мәмлекет бас министири баспасөз хызмети хабар берди.

Жазылыўына қарағанда, 11 апрелден баслап Қазақстанның Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Россия менен қурғақлықтағы шегара өткизиў пунктлеринде пуқаралардың шегараны кесип өтиўине байланыслы киритилген шеклеўлер алып тасланады.

Буннан тысқары, авиақатнаўлар арқалы кириўге қойылған бәрше шеклеўлер бийкар қылынады.

Сондай-ақ, шегарадан өтиўде ПЗР-тест кери шыққаны ямаса коронавирусқа қарсы толық емленгенлик туўырысындағы сертификатын көрсетиў талабы сақлап қалынады.

Еалетип өтемиз, Қазақстанда карантин шеклеўлери әмел етилгени себепли Нөкис—Бейнеў ҳәм Ташкент—Алматы жөнелисиндеги халықаралық жолаўшы поездлары қатнаўын баслаў сәнени де кейинги мүддетке көширилген еди. Кейинирек еки мәмлекет ортасындағы халықаралық автобус қатнаўлары да белгисиз мүддетке кешиктирилген.

Соңғы жаңалықлар