Украина Бас штабының мәлим қылыўынша, ҳәзирде Россия Қураллы күшлери бар дыққатын мәмлекет шығысына қаратқан болып, олардың мақсети Донецк ҳәм Луганск аймақларын толық қадағалаў. Украиналық әскерлердиң мағлыўматларына көре, Россия армиясы Слобожанскоэ, Донецк, Южнобужскоэ ҳәм Таврическоэ жөнелислериде алдыға жылжымақта.Пентагон ўәкилиниң пикиринше, Россия президенти Владимир Путин Украинада «өзиниң бирде-бир стратегик мақсетине» ерисе алмаған ҳәм тек ғана киши халық пунктлерин қадағалаўға ерискен.
Кремль әскерлериниң Киевтен алып шығылыўы тынышлық өз-ара келисиўлери ушын қолайлы шәрт-шараят жаратыўға қаратылған қайырқомлық ҳәрекети деп атаған. Россия президентиниң баспасөз хаткери Дмитрий Песковтың сөзлерине көре, әскерлерди алып шығыў бойынша буйрықты Владимир Путинниң өзи берген.
Пентагон ўәкиллери кейин ала Россия әскерлери және қайтыўы мүмкинлинин билдирген. Киев ҳәм Чернигов ўәлаятларынан алып шығылып атырған әскер қурамында 24 мың әскер хызметши бар екенлиги айтылмақта.
Алдынырақ Россия тәрепинен Украинада әскерий операция басланғанынан бери 1480 тыныш халық қайтыс болғаны, сондай-ақ, 2195 адам жараланғаны туўырысындағы хабар берилген еди. Гәп тек ғана тастыйықланған мағлыўматлар ҳаққында кетпекте, ҳақыйқый санлар буннан көп болыўы мүмкин.
