Швеция ҳәм Финляндия усы жылы жазда НАТОға ағза болыў нийетинде. Бул ҳаққында “Times” газетасы дереклерге сүйенип хабар берген. Аты жәрияланбаған АҚШ рәсмийлерине көре, еки мәмлекеттиң альянсға ағзалығы НАТО Сыртқы ислер министрлери ортасындағы өз-ара келисиўлерде “сәўбет ҳәм көплеп ушырасыўлардың темасына” айланған.
“Финляндия июнь айында арза тапсырыўы күтилмекте, кейин болса Швеция”, делинген хабарда.
Газетаға интервью берген европалық дипломатлардың айтыўынша, ҳәр еки мәмлекет ҳәм НАТО имканиятларын кеңейтиреди. Дипломатлардан бириниң пикиринше, Швеция ҳәм Финляндия блокда “ҳақыйқый ойыншылар” болады.
Финляндия ҳәм Швеция Россияның Украинаға урысы фонында узақ мүддетли бий тәрепликтен ўаз кешиў ҳәм НАТОға қосылыў имканиятлары ҳаққында сөйлей баслады. НАТО Бас хаткери Йенс Столтенберг альянс Финляндия ҳәм Швецияны өз қатарында көриўден қуўанышлы болыўын ҳәм оларға тезирек қосылыў имканиятын усыныс қылғанын айтып өтти.
Сондай-ақ, Финляндияның НАТОға ағза болыў ғайраты Европада кескинлесиўдиң “салмақлы қәўипин” алып келиўи айтылған еди.
