logo

Үшинши дунья урысы басланса Россияны қайсы мәмлекетлер қоллап-қуўатлайды?

Россияны қоллап-қуўатлайтуғын 6 мәмлекет аты мәлим қылынды. Келтириўине қарағанда, Россияның Украинадағы «арнаўлы операциясы» басланыўы менен дүньяда ири қураллы тоқнасыу болыўы қәўипи артқан. Батыс Қашшаннан бери әскерий бирлеспе дүзген, бирақ Москва да күшли бирлеспелерге ийе. Олар арасында Пакистан биринши орында турады. Атап айтқанда, Пакистан бурынғы бас министри Имрон Хон Москваға сапары даўамында Батыстың Россияға қарсы шығыў ҳаққындағы талапларын бийкар қылған. Нәтийжеде Пакистан БМШ Бас Ассамблеясының Россияға қарсы резолюциясы бойынша даўыс бериўде бийтәреп қалған бир қанша мәмлекетлерден бири болып қалған.

Үшинши дунья урысында Москваның мүмкин болған бирлеспелери арасында екинши орынды Қытай алған. Мәмлекет Украинаға қарсы урысты қараламағаны ҳәм Россияға қарсы санкцияларға қосылыўдан бас тартқаны буған себеп қылып көрсетилген. Буның орнына Пекин бийтәрепликке садықлығын айтып, Қытай–Россия мүнәсибетделерин стратегиялық шериклик деп тәрийплеген.

Ушинши орынды Ҳиндистан ийелеген, мәмлекет ҳүкимети АҚШ басымына қарамай, Москваға қарсы шеклеўлерге қосылмаған. Олар Россия мәмлекетке ең ири қурал жеткерип бериўши екенин белгилеген. «Daily Express» Қубла Африканы төртинши орынға қойған. Мәмлекетлер ортасындағы мүнәсибетлер соңғы ўақытларда быраз жыллыласқанын айтып өткен.

Мысал ушын, бурынғы мәмлекет басшысы Жейкоб Зума Россия президенти Владимир Путинди «Тынышлық» деп атап, Батыс мәмлекетлерин кескин сын пикир қылған. Бесинши ҳәм алтыншы орынлар Москваға қарсы санкциялар қолламаған Бразилия ҳәм Мексика болған.

Алдынырақ Россияның Украинадағы «арнаўлы операция»сы қашан таўсылыўы мәлим қылынған еди. Сондай-ақ, Өзбекстан неге Россияның БМШ кеңесинен шығарылыўына қарсы даўыс бергени айтылған.

Соңғы жаңалықлар