logo

Илон Маск 44 миллиард долларға Twitter социаллық тармағын сатып алды

Америкалық миллиардер Илон Маск Twitter социаллық тармағын 44 млрд долларға сатып алды. Бул ҳаққында BBC хабар берди.

Миллиардер көп ўақыттан берли бул социаллық тармақты сатып алыў бойынша өз-ара сөйлесиўлер өткерип киятырған еди. Ол дәслепки саўдаларда 41 млрд доллар усыныс еткенин ҳәм өз-ара сөйлесиўлер даўам етип атырғанын айтып өткен еди.

Апрель айының басында болса, Маск Twitter дың 9,2% үлесин 2,89 миллиард долларға сатып алып, компанияның ең ири акциялары ийесине айланған еди.

Соңғы жаңалықлар