logo

Ҳиндистанлы миллиардер Жефф Безосты артта қалдырып, дүнядағы екинши ең бай адамға айланды

Быйылғы жылы байлар рейтингинде кескин пәтте көтерилген Ҳиндистанлы магнат Гаутам Адани Жефф Безосты артта қалдырып, дүняның екинши ең бай адамына айланды. Бул ҳаққында Bloomberg хабар бермекте.

Жылды Bloomberg миллиардерлер индексинде 14-орыннан баслаған Аданидың байлығы 146,9 миллиард долларға жетти, бул Илон Масктың 260 миллиард долларынан кейинги ең көп байлық.

Адани Enterpriseс компаниясының акциялары усы ҳәпте рекорд дәрежеге көтерилди.

Безостың байлығы 145,8 миллиард долларға түсип кетти. Амазон акциялары быйылғы жылы 26 проценттен көбирек томенлеген.

Адани февраль айында Азияның ең бай адамы ретинде Ҳиндистанлы Мукеш Амбаны артта қалдырған, апрель айында Сентибиллионерге айланды ҳәм соңғы еки ай ишинде Билл Гейтс ҳәм Франциялы Бернард Арнодан озип кетти.

Бул биринши рет Азиядан кимдир АҚШ технология исбилерменлери ҳүкимранлық еткен байлық индексиниң жоқары текшесине көтерилгенин аңлатады.

60 жаслы Адани 1980 жыллардың басында Мумбайдың алмаз санаатында әўметин сынап көриў ушын колледжды таслап кеткен.

Соннан берли оның конгломерати аэропортлардан тартып мағлыўмат орайлары, цемент, ғалаба хабар қураллары ҳәм жасыл энергияға шекем кеңейип, бас министр Нарендра Моди Ҳиндистанның узақ мүддетли экономикалық мақсетлерине ерисиў ушын зәрүрли деп есаплаған тараўларға итибар қаратты.

Мәмлекетдеги ең ири жеке сектор порты ҳәм аэропорт операторлары, қала-газ дистрибюторлары ҳәм көмир өндириўшиси Адани империясының бир бөлеги болып, ол да дүнядағы ең ири қайта тикленетуғын энергия өндириўшиси болыўды мақсет еткен.

Соңғы жаңалықлар