Аўғанстанның шығысында жайласқан Нуристан ўәлаятында күшли суў тасқыны жүз берди, нәтийжеде 40 тан 150 ге шекем адам қайтыс болды. Бул ҳаққында жергиликли телеканаллар ҳүкимет ўәкиллерине тийкарланып хабар бермекте.Әмелдарлар маглыўматына бола, сел ағымы 29-июльға өтетуғын түнде Камдиш районындағы Мехердиш аўылына барған. Таскында кеминде 40 адам қайтыс болған – олардың мейитлери әллеқашан табылған. Күшли суў ағымлары 100 ге жақын үй ҳәм шарўа малларын ағызып кеткен.
1ТВ News телеканалы ўәлаят кеңеси баслығы Саидулла Нуристонийге тийкарланып мәлим етиўинше, түңги тасқында дерлик 150 адам қурбан болған.
Makan.uz
