logo

Қытайда бир ўақыттың өзинде 15 бийик имарат бузып тасланды (видео)

Кытай қубласындағы Куньмин қаласында бир ўақыттың өзинде қурылысы жуўмақланбаған 15 бийик имарат бузып тасланды. Бул ҳаққында The Paper басылымы хабар берди.

Имаратлар 27-августта жергиликли ўақыт пенен саат 15:30 да бузып тасланған. Қурыўшы шөлкем имаратлар қурылысын 7 жыл даўамында жуўмақлай алмағаны себепли оларды бузып таслаўға қарар еткен.
Бузыў жумыслары алып барылған аймақта медицина хызметкерлери, полицияшылар ҳәм от өшириўшилер нәўбетшилик қылған.

Makan.uz

Соңғы жаңалықлар