Қырғызстанның Жалолобод ўәлаятындағы Тоқтогул суў сақлағышының суў көлеми «өли шегара» дәрежесине шекем түсиўи итималы бар. Бул ҳаққында Қырғызстан Энергетика ҳәм санаат министри орынбасары Таалайбпк Ибраев ОА Бирлескен энергетика дизими Электп энергетикасы муўапықластырыўшы кеңесиниң жыйналысында мәлим етти.Усы жыйналыста сондай-ақ, Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан, Өзбекстан ҳәмде Россия Федерациясының тийисли дүзилмелери баслықларыда қатнасқан.
«Бул жағдай регионда киятырған жыл вегетация дәўирин табыслы өтеўге имкан бермейди. Өз-өзинен мәлим, Тоқтогул суў сақлағышна тутас дәрьялар ағып өтетуғын қоңысы мәмлекетлерге өзиниң кери тәсирин көрсетеди», – деди қырғызстанлы министр орынбасары.
Таалайбек Ибраевтиң айтыўынша, «жағдайды дурыслаў ушын Қырғызстан электр энергетика дизимине қоңсы мәмлекетлерден жәрдем алыў зәрүрлиги бар».
