Туркияның әмелдеги ҳүкиметине болған ислам шақырыўшысы Фатҳуллаҳ Гюленниң АҚШта қайтыс болғаны ҳаққындағы мағлыўматлар тексерилмекте. Бул ҳаққында Анадолу агентлигиниң Вашингтондағы ўәкилханасы басшысы Хоқон Жопур өзиниң “Twitter” бетинде хабарлады.«Биз не болып атырғанын дыққат пенен гүзетип бармақтамыз. АҚШ полициясы ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларындағы дереклер буған байланыслы мағлыўмат бермей атыр. Мүмкин, қандайда бир жағдай болған және бул ҳаққында полицияға хабар берилмеген. Бирақ шөлкем буны узақ ўақыт жасыра алмайды», — деп атап өтиледи
Гюленниң Пенсилванияда зәхарленгени ҳаққында түрк ҒХҚларында хабар тарқалды. Хабарларға көре, ол жасайтуғынлық дем алыў мәканына кириў ҳәм шығыў жаўып қойылған.
Мағлыўмат ушын, Фатҳуллаҳ Гюлен Туркияда Ражаб Эрдўғондан кейин екинши ең абырайлы шахс. Ол 1990-жылдан бери АҚШ аймағында қуўғынлықта турмыс кеширип киятырған еди.
