logo

Ҳиндстанда бахытсыз ҳәдийсе себепли 30 пуқара қайтыс болды

Ҳиндстанның қубла-батысындағы Андхра-Прадеш штатындағы суў тасқынлары әқыбетинде кеминде 29 пуқара қайтыс болды, 100 ден артығы дерексиз жоғалды, деп хабар берди штат рәсмий ўәкиллери.

«Қайтыс болғанлар саны 29, 1316 аўыл суў астында қалды. Жаўын мүмкиншилигы жоқары болғаны ушын штат ҳүкимети күтиў режимине өтти», — деди ҳүкимет ўәкили India TV телеканалына берген интервюсында.

Штат бас министри Й. С. Жаган Мохан Редди зыянды қаплаў ушын ушын жәбирленген аймақларды ҳаўадан сүўретке алды. Ол жергиликли киши ҳәмелдарлар менен жағдайны талқылады, ўайран болғанлығы ҳаққында толық мағлыўмат алды ҳәм суў тасқыны азайыўы менен жоғалған өнимди есаплап шығыўды сорады.

Штат ҳүкимети қайтыс болғанлардың жақынларына 500 мың рупий (6,7 мың доллар ) төлениўин жәриялады. Соның менен бирге, шарўашылыққа да зыян жеткенлиги белгиленген: 612 бас қарамал, 1,7 мыңнан аслам қой ҳәм ешки набыт болған, улыўма зыян шама менен 23,1 миллион рупийды (310 мың доллар) қурамақта.

Андхра-Прадеш дәрамат ҳәм тәбийий апатлар ақыбетлерин сапластырыў ушын министри Саттур Рамачандран штатда 1 октябрден ҳәзирги кунге шекем 518,99 мм жаўын түскенин, бул усы дәўирдеги орташа көрсеткиштен 68 процентке көп екенлигин айтты.

Соңғы жаңалықлар