Канаданың "Aeroemploi" порталы жер жүзиндеги ең қүдиретли ҳаўа күшлерине ийе мәмлекетлер дизимини дүзди.Рейтингде биринши орынды түрли модификациядағы үш мыңнан аслам самолётлар менен қуралланған Америка әскерий ҳаўа күшлери ийеледи. Мақала авторлары айтып өткени сыяқлы, АҚШ дүнядағы ең жақсы үскенеленген ҳәм технологиялық тәрептен алдыңғы жаўынгер самолётларға ийе.
Дизимде екинши орынды 1900 дана самолёт пенен Россия Аерокосмик күшлери ийеледи. Жазылыўына қарағанда, 30 жыл даўамында Россия бул тараўда сезилерли табысқа ерисе алды: Аерокосмик күшлер Су-35, Су-34 сыяқлы қырыўшы самолётлар менен қуралланған. Соның менен бирге, Москва жаңа әўлад стратегиялық бомбардимоншы-ракета тасыўшы ПАК ДА жойбарын ислеп шығып атыр.
1949 жылда Совет ауқамы жәрдеминде исленген Қытай авиациясы күшли үшликтен орын алды. Орыслар халық азатлық армиясының ушқышларын таярлаған. Буннан тысқары, олар Корея урысындағы (1950-1953) саўашларда қатнасқан. 1980-жылларда мәмлекет әскерий-ҳаўа күшлери түрли технологиялық қыйыншылықларды бастан кеширди, бирақ ҳәзирде және де натийжелилеў болыў ушын терең реформалардан өтпекте.
Планетамыздың ең күшли әскерий авиациялары дизимине Хиндстан, Миср, Пакистан, Туркия ҳәм Қубла Корея ҳаўа күшлери де киритилген. 400 ден артық самолёт паркине ийе Германия рейтингде оныншы орынды ийеледи.
