logo

Аўғанстанда мина жарылыўы әқыбетинде 5 бала қайтыс болды

25 ноябрь күни Аўғанстан арқа-батысындағы Тахор ўәлаятында мина жарылыўы әқыбетинде 5 жас өспирим бала қайтыс болды. Бул ҳаққында “Aamaj News” хабар берди.

Ўәлаят информация ҳәм мәденият басқармасы баслығының сөзлерине көре, ҳәдийсе күндиз ўәлаят басқарыў орайы районларынан бири - Талукан қаласында жүз берген. Бир топар жас өспиримлер портлайтуғын үскенени сатыў ушын қалаға алып өтпекши болғанында мина портлап кеткен. Ақыбетте бес жас өспирим бала қайтыс болған.

Еслетип өтемиз, Аўғанстаның түрли аймақларында үзликсиз жүз береди. Атап айтқанда, усы жылдың 8 ноябрь күни Урузгон ўәлаятында снарядның жарылыўы әқыбетинде үш бала қайтыс болды, тағы бесеўи жарақатланған еди, 3 ноябрь күни Қундыз ўәлаятында жүз берген жарылыўда еки бала қайтыс болды, бесеўи жарақатланды.

Соңғы жаңалықлар