logo

Ҳиндистанлық исбилермен ҳаялы үшын Тәжмахәлдың киширейтилген формасын қурды

52 жаслы исбилермен Пракаш Чоуксей өз уйин Тәжмахәл формасында қурған ҳәм ол 27 жылдан берли бирге жасап атырған өмирлик жолдасы ушын сауға екенин билдирген. 
Үй исбилерменге 260 мың долларға түскен. Оны қурыў ушын Аграда жайласқан ҳақыйқый Тәжмахәлға көп рет барыўына туўры келген ҳәм қурылыс 3 жыл даўам еткен. Уй дизайнында заманагөйлик те бар. 
Пракаш Чоуксей Тәжмахәлдың киширейтилген формасын қурған биринши адам емес. 2013-жылы Ҳиндистанлық пенсиядағы мәмлекет расмийи Файзул Ҳасан Куадри да киши Тәжмахәл қурған.

Соңғы жаңалықлар